Ат қойыў ҳаққында пикирлессек

НАҒЫЙМА, ДОСМЫРЗАЛАР ҚАЙДА ?

Балаға ат қойыўда ертеден-ақ, тәриплеў ҳәм тилек билдирилип қойылып келинеди. Сондай–ақ, сөздиң кийели күшине исениў ҳәзир де бар қубылыс. Психолог қәнийгелердиң айтыўынша перзентке қойылған ат оның келешегине, жетик инсан болып қәлиплесиўине тиккелей тәсири болады екен. Балаға өзиниң атының мәнисин, тез-тез айтып, өзи менен атлас болған ири тулғалардың  өмир жолын, ел-халыққа белгили, искер адамлар болған деп марапатлап барылса, бул бағдар белгили дәрежеде санасына сиңип, қабыл етип барады.

Ислам динимизде де балаға мәнили, қулаққа жағымлы, шырайлы ат қойыўды нәсиятлайды. Ата-бабаларымыздан киятырған базы жағдайлардан келип  шығып қойылатуғын ерси атлардың да не себеп қойылғанын ҳәмме түсине қояды. Баланың туўылған жери атамаларына байланыстырып та ат қойылады.

Қарақалпақ тил илими қәнигелериниң изертлеўинше, қарақалпақ адам атларының көпшилик бөлеги халқымыздың өткен заманлардан баслап ҳәзирге дейинги мәдений-тарийхый өмирин анық көрсетеди екен. Мәселен, Жайлаўбай, Дийқанбай, Сағындық, Сабыр, Теңизбай, Орынбасқан ҳәм басқа да атлар өз мәнис-мазмунына ийе атлар.

Соңғы ўақытлары ескиден киятырған мәнис-мазмуны өзимизге жүдә таныс атларымыздың сийрексип баратырғанының гүўасы болып жүрмиз.

– Ҳәзирги ўақытта ул балаларға Алихан, Имран ҳәм Мухаммед атлары көп қойылмақта. Бек қосымшасы қойылып ат қойыў көбирек ушыраспақта. Сондай-ақ, Рамзан, Муслим усы атлар ең көп қойылып атырған атлар. Ал, қызларға Муслима, Сабина, Аделя, Жасмина, Милана атларын қойып атыр. Өзимиздиң ескиден киятырған атлар мәселен, Жығагүл, Жумабийке, Измурат, Айтғалый, Нийетулла сыяқлы атлар дерлик ушыраспайды. Көпшилик  атлар еликлеўге тийкарланғанын көриўимизге болады, – дейди Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими баслығы Салтанат Пирназарова.

Адам атлары биринши гезекте, адамның жәмийеттеги орнын ажыратып көрсетиў ушын қойылады.

Нәрестеге ат қойылғанда “аты менен қартайсын” деп тилек билдириледи. Бирақ, айырым бүгинги күнде қойылып атырған атларды ертеңги  жасыүлкен болған ўақытлары ерси еситилмейди деп айта алмаймыз. Дурыс перзентине ҳәмме де ең жақсы атты қойғысы келеди. Деген менен өз менталитемизге туўра келетуғын атлардан жырақласпасақ екен, деймиз. Еле де, қызларымызға Мадина ҳәм улларымызға Аллаяр атларымыз сақланып киятырғаны кеўлимизге жубаныш бағышлайды.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.