Анар қабығының пайдасы

Қурытылған анар қабығын  көк шай менен бирге шәйнекке салып, қайнаған суў менен демлең. Бул шайды  кешқурын  уйқылаўдан алдын ишсеңиз, түнде тынық уйқылайсыз.

Анар қабығы қайнатылған суў менен аўыз шайсаңыз, тис аўырыўын қойдырады. Себеби онда  аўыз бослығындағы бактерия хәм вирусларға қарсы гүресиў қәсийети бар.

Буннан тысқары, бул қайнатпадан ыссы гезинде  тамағыңызды шайып, 2-3 ас қасық ишссеӊиз, тамақ аўырыўы хәм дем алыў жолындағы аяздан  қутыласыз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети