Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Ф.Р.Шарипов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Курбанов  ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Қ.Ж.Камалов медицина тараўының мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўға өтиўге таярлығын көриў мақсетинде, Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесинде болды. Бул жерде районлық көптармақлы поликлиника, 15-санлы Шаңарақ поликлиникасы ҳәм “Қуламет жыраў” шаңарақ шыпакерлик пунктлери тәрепинен мәмлекетлик  медициналық қамсызландырыў механизмлерин әмелге асырыўда алып барылып атырған илажлар, медициналық мәкемелерди санластырыў, медициналық хызметлер сапасын ҳәм көлемин үйренди. Соңынан район ҳәкиминиң орынбасары Р.Қалимбетов қатнасында семинар – мәжилис өткерип, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасына өтиўдиң абзаллығы ҳаққында кеңнен түсиник берди ҳәмде алдағы ислениўи дәркар болған жумысларға, күтилип атырған нәтийжелерге тоқтап, анық тапсырмалар белгиленип алынды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети