«Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий-әмелий медицина орайы» Мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Сизге пуқара Д. Г. Х «Hoja.uz» социал тармағына жоллаған мурәжәәти бойынша тѳмендегилерди мәлим етип билдиреди. Пуқара Г.Х.Дарьябаева 2024 – жыл 25 – май куни саат 00 45 те филиалымызға аўыр аҳўалда туўыў жолларынан баласыныӊ қолы тусип (Выпадение ручек плода) жағдайында келген. Нәўбетши шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўлерден ѳткерилип ана ҳәм бала ѳмирин сақлап қалыў ушын операция исленген. Саат 0112 де салмағы 3 кг 400 гр ул бала жыныслы нәресте аўыр аҳўалда туўдырып алынды. Нәрестеге тийисли реанимацион жәрдем кѳрсетилип жанлантырылады ҳәм нәрестелер реанимациясы бѳлимине жатқызылды. Пуқараныӊ ѳзи ересеклер реанимациясы бѳлимине жатқызылған. 26 – май куни жағдайы жақсыланғаннан кейин 1 –бѳлимге кѳширилген. 27 – май куни пуқара улыўма ҳәлсизликке, кеўил айныўына, қайтарыў жағдайы бойынша арыз еткен. «Шилле дәўири 2-куни, созылмалы холецистит қозыў дәўири, созылмалы кемқанлық» диагнозы қойылып тийисли тексериўлерден ѳткерилип, терапевт шыпакерге кѳрсетилген ҳәм емлеў илажлары даўам еттириледи. Пуқара шыпакерлер тәрепинен қадағалаўсыз қалдырылмаған. Бугинги кунде кардиолог, гастроэнтеролог тексериўинен ѳткерилип, буйырылған емлеў илажлары даўам еттирилип атыр. Ҳәзирги ўақытта ана саламатлығы жақсы аҳўалда. Пуқараныӊ усы мүрәжаты тийкарында-мүрәжат жәрияланған ўақыттыӊ өзинде ҚР Денсаўлықты саклаў министри орынбасары Г.Абдисаметова перинатал орайына барып пуқара менен ушрасып-қандай медициналық жәрдем керек болатуғын болса,сол жерде шөлкемлестирип берди.Бөлимниӊ шыпакерлерине ҳәм басшысына тийисли тапсырмалар берилди. Ҳәзирде бул ўақыя бойынша усы орайдыӊ директорына ҳәм бас шыпакерлерине шара қолланыў бойынша усыныснамалар таярланған. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
Рәсмий мүнәсибет
1260
















