Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Ф.Р.Шарипов, Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Курбанов ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Қ.Ж.Камалов медицина тараўының мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўға өтиўге таярлығын көриў мақсетинде Хожели районлық медицина бирлеспесинде болды. Бул жерде районлық №1 көп тармақлы поликлиника, №3 көп тармақлы поликлиника ҳәм Айбек шаңарақ шыпакерлик пунктлери тәрепинен мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин әмелге асырыўда алып барылып атырған илажлар, медициналық мәкемелерди санластырыў, медициналық хызметлер сыпатын ҳәм көлемин үйренди.
Соңынан район ҳәкиминиң орынбасары ҳәм бирқатар қанийгелер қатнасында семинар – мәжилис өткерип, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўға өтиўдиң әҳимийети ҳаққында кеңнен түсиник берди ҳәмде алдағы ислениўи тийис болған жумысларға, күтилип атырған нәтийжелерге тоқтап, анық тапсырмалар белгиленди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















