Социал тармақлардың бири “https://t.me/antikorruz” телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.me/antikorruz/28459?single) мүрәжат бойынша – ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз. Пуқара К.Мадрахимовтың мүрәжатынде айтып өтилген Республика тез медициналық жәрдем Орайы, Қарақалпақстан филиалындағы бетон плита ҳеш ким тәрепинен алып кетилмегенлиги, филиал есабында бар екенлигин, ал темирден исленген ферма мақсетли жумсалғанлығын мәлим етип билдиремиз. Усы орында пуқараларға дәлилленбеген жалған мағлыўмат тарқатқаны ушын Нызамда жаза шарасы бар екенлигин ескертпекшимиз. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети