Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 4-санлы шаңарақ поликлиникасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша илаж болып өтти.
Онда  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ мүрәжатлер менен ислесиў сыңары баслығы А.Балтабаев, усы бөлимниӊ бас қәнигеси Р.Кайпназарова, Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 4-санлы шаңарақ поликлиникасы бас шыпакери М.Айтжанова ҳәм
поликлиниканың медицина хызметкерлери қатнасты.

 

Илажда сөзге шыққанлар коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар сондай-ақ, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, жәмийетшилик арасында коррупцияның унамсыз ақыбетлери ҳәм нызамда белгиленген жаза нормалары ҳаққында толық мағлыўматлар берип, бәршени бундай иллетлерден аўлақ жүриўге шақырды.

 

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети