“Бир аўыз сөз тирилтеди адамды” атамасында Хожели районы Нураныйлар кеңеси ағзасы Гүлистан Реймовадан жоллаў:
“Жүдә кишипейил, өз кәсибиниң шебери, өз ис тәжирийбеси нәтийжесинде неше мыңлаған адамлардың алғысын алған, Қарақалпақстан республикасы Эндекронологиялық кеселликлер емлеўханасының жоқары категориялы шыпакери Пирниязов Жеңис ағаға жоқары адамгершилиги, ушын миннетдаршылығымды билдирдим. Буның себеби бар. Буннан 12 жыл бурын зоб кеселлиги менен қатты аўырып Республикалық эндекронология емлеўханасына түстим. Жағдайым төменлиги себепли өзиме қараўғада ҳалым болмады. Шашларым ағарып, жүдә әбигер шығарманда.
Азанда кеселлерди көзден өткериўге келген Жеңис доктор (мен оны биринши мәрте көрип турман),-Ол мийирбийкелерге -Тез шаш бояў әкелип, мына келиншектиң шашларын бояп, суп-сулыў етип қойың,-деп маған: -қызым бүйтип рухыңды түсирме, еле жақсы болып кетесең, сен күшлисең, бойыңды тикле қызым деди. Бул сөзлер маған күш-қуўат болып, тез күнлерде саўалып қайнаған өмирге араласып кеттим. Қолы гүл шыпакерлердиң жәрдеминде 3 жыл бурын зобты операция жолы менен алдырып, оннанда тәўир болдым. Мине ҳәзир 64 жастаман. Сәл шаршадымба жақында қантлы диабет анықланып, және усы емлеўханаға келдим. Жеңис ағаның еледе жумыста екенин еситип, сәлем бериўге, ҳәм алғысымды айтыўға барып, өткен ўақыяларды айтсам, ол: -Кеселди емлеўдиң биринши жолы бул сол адамға деген итибар ҳәм ҳүрмет, бул биз шыпакерлер ушын өмир қағыйдасы болыўы дәркәр, рахмет қызым, бир аўыз сөзимди умытпай, сәлемге келгениң ушын -деп миннетдар болып қалды.
Мен болсам усындай қәлби дәрья, мийримли шыпакердиң оның шәкиртлериниң барына шүкирлик етип, Жеңис ағаға денсаўлық, ел ардағында, халықтың денсаўлығын қорғаўда аман болыўын тилеп хошластым-деп өз миннетдаршылығын билдирип өткен.
Әлбетте, усындай мазмундағы миннетдаршылық ҳәр бир медицина хызметкерлерин өз кәсибине деген мақтанышлы сезимге бөлеўи ҳәм еле де халқымыздыӊ саламатлығын қорғаўда аянбай хызмет етери сөзсиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















