Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанынан саламат турмыс тәрзин қоллап қуўатлаў шынығыўларын әмелге асыратуғын спорт зал ҳәм жасыл қапламаға ийе спорт майданшасы орын алған.

Бүгинги күнде усы орынларда еки спорт түри “Хоккей” ҳәм “Jiu Jitsu” спорт түрлери бойынша жаслар спорт пенен шуғылланып атыр.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәўендерлигиндеги “Jiu Jitsu” спорт түрине қатнасатуғын жас спортшыларға Тимур Базарбаев ҳәм Наўрыз Кайповлар “Jiu Jitsu” спорт түриниң сырларын үйретип келмекте. Бул дөгерекке 5 жастан баслап спортқа қызығыўшы жаслар ағза болыў имканиятына ийе.

Көпшиликти ойландыратуғын сораў “Jiu Jitsu” бул спорттың қандай түри екенлиги. “Jiu Jitsu” япон тилинен алынған болып, өзин-өзи қорғаў және де қуралсыз гүрес түсиў деген мәнисти билдиреди. Бул спорт түри XIII әсир орталарында пайда болған болып, бул спорт түринен Дзюдо, каратэ келип шыққан.

Бүгинги күнде бул спорт залында Бразилиялы қара белбаў ийеси Ferreira de Carvalhо Ciovanni Junio ҳәм Бухаралық аға тренер Рамазан Ахмедов жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў және де оларға “Jiu Jitsu” спорт түриниң сырларын үйретиў мақсетинде келип, өз тәжрийбелери менен бөлиспекте.

Мийманларымыз жас спортшыларға “Jiu Jitsu” спорт түриниң сырларын үйретиў менен бирге, оларға келешекте жоқары шыңларда көринип,  мәмлекетимиз байрағын бийиклерге көтериўине тилеклес екенлигин айтты.

Солай екен, өз гезегинде бизде бул спортшы жасларға бул спорт түрин еледе раўажландырыўына ҳәм жарысларда тек ғана әўмет яр болыўына тилеклеспиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Мәлимлеме хызмети.

Мунира Файзуллаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти