Warning: "continue" targeting switch is equivalent to "break". Did you mean to use "continue 2"? in /home/jaslaruz/domains/qrdsm.uz/public_html/wp-content/plugins/telegram-for-wp/inc/Notifcaster.class.php on line 318
Нәўбеттеги пресс-тур Республикалық тез медициналық жәрдем орайының Қарақалпақстан филиалында – Qaraqalpaqstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw ministrligi
  Click to listen highlighted text!

Нәўбеттеги пресс-тур Республикалық тез медициналық жәрдем орайының Қарақалпақстан филиалында

348

Республикалық тез медициналық жәрдем орайының Қарақалпақстан филиалына ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, онда филиал директоры И.Нурымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, филиалдың миннетли ўазыйпалары, онда жаратылған шараятлар ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 16-июнь күнги арнаўлы қарарына муўапық Республикалық тез медициналық жәрдем орайы және оның 14 аймақлық тез медициналық жәрдем хызмети ҳәм медициналық автохожалықлар негизинде шөлкемлестирилди. Бул тез медициналық жәрдемниң бирден-бир вертикал басқарыў системасын жолға қойыў, яғный, тез медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм халыққа және де жақынластырыў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Атап айтқанда, орайдың аймақлық филиалларын уқсас имаратларға орналастырыў ўазыйпалары белгиленген болып, 2024-жылдың февраль айында Нөкис қаласында Республикалық тез медициналық жәрдем орайының Қарақалпақстан филиалы ушын заманагөй жаңа имарат қурылып, хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Тез медициналық жәрдем көрсетиў жумысларын санластырыў бойынша ҳәр бир аймақта «Call-орай»лары шөлкемлестирилди. Барлық шақырыўларды тек усы «Call-орай»лары арқалы қабыллаў,  орайлар тәрепинен шақырыўларды наўқастың жағдайы, кеселлик түри және оның салмақлық дәрежесине қарап категорияға бөлиў ҳәм тийисли медициналық бригадаларды бағдарлаў, тез медициналық жәрдемди район (қала) ямаса аймақтың шегарасына қарап емес, ал наўқасқа шекемги аралықтың жақынлығына қарап көрсетиў жолға қойылды.

Дәри-дәрмақлардың жумсалыўы да система арқалы бақлап барылады. Яғный, дәри өнимлериниң жумсалыўы ҳәзирги ўақытта планшет арқалы Медатта-2 системаға киргизиледи. Яғный ҳәр бир дәри-дәрмақтың жумсалыўы усы система менен қадағалаўға алынған.

Соның менен бирге, тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларына GPS-трекерлер ҳәм радиобайланыс үскенелери орнатылған. Қарақалпақстан Республикасы бойынша 176 тез медициналық жәрдем автотранспортларына GPS ҳәм 155 автотранспортқа радиобайланыс үскенелери орнатылған. Сондай-ақ, 162 тез медициналық жәрдем бригадалары толығы менен планшетлер менен тәмийинленген.

Бүгинги күнге шекем филиалға, жәми 89 заманагөй медициналық тез жәрдем транспорты алып келинип, оларға да GPS-трекерлер ҳәм радиобайланыс үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылды. Және 9 жол таңламайтуғын автотранспортларын алып келиў быйылғы жылдың режесине киргизилген.

Филиал Opеn budjet бағдарламасы бойынша да жақсы нәтийжелерге еристи. 2024-жыл даўамында 5 объектте ири оңлаў жумыслары алып барылып, оған жәми 6,1 миллиард сумлық қаржы ажыратылды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар «Call-орай»ға, тез медициналық жәрдем автотранспорт қураллары базасына, медициналық хызметкерлердиң нәўбетшилик етиў ханаларына барып, атқаратуғын жумыслары, жаратылған шараятлар менен танысты. Қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.





ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!