Кейинги ўақытларда медицина тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар заман талабына сай тәризде болмақта.Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги усы 2022 жылдыӊ өзинде бир қатар мәмлекетлер менен медицина тараўында бирге ислесиўди жолға қойды.

Әсиресе, сырт ел медицина тәжрийбесиниӊ елимизге кирип келиўи ҳәм жергиликли шыпакерлеримиздиӊ сырт елде өз билимлерин асырып атырғанлығы медицина тараўыныӊ раўажланыўына өз тәсирин тийгизбекте.
Усы айдыӊ 6-9 октябрь күнлери Москва қаласында болып өткен халықаралық ” X Азия Ендометриоз Конгресс ” те Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал орайы директоры М.Бабажанов қатнасты.
Халықаралық конгресс әҳимийетли дәрежеде шөлкемлестирилген болып, онда бир қатар мәмлекетлерден шыпакерлер қатнасты.
Конгрестиӊ тийкарғы мақсети, заман талабына сай медицина тараўын раўажландырыў, еӊ соӊғы технологиялардан пайдаланыў, тараў қәнигелериниӊ билим ҳәм тәжрийбесин асырыў, бирге ислесиўди күшейтиўден ибарат болып есапланады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети