Саламат турмыс тәрзин қәлиплестириўге үлес қосамыз Бүгинги күнде республика көлеминде саламатлық акциялары шөлкемлестирилмекте.Қала ҳәм район медицина бирлеспелери шыпакерлери халық арасында “Саламат турмыс тәрзи ҳәм беккем денсаўлық ” атамасында илажлер өткерип келмекте. Бундай илажлерди өткериўдеги баслы мақсет, халық арасында саламат турмыс тәрзин қәлиплестириў, дурыс аўқатланыў, спорт пенен турақлы шуғылланыў ҳәм өсип киятырған жасларға өрнек болыў сыяқлы пазыйлетлерди өз ишине алады. Усындай саламат турмысты қәлиплестириў ҳәм мәҳәлле турғынлары арасында спортқа қызығыўшылықты  асырыў мақсетинде,Хожели районы көп тармақлы медицина бирлеспеси ҳәм  “Наўрыз”  МПЖ  аймағында жайласқан шаңарақлық шыпакерлик пункти  медицина хызметкерлери менен аймақ турғынлары арасында таңғы шынығыўлар әмелге асырылды. Соң пуқаралар менен медицина тараў хызметкерлери ушрасыўлар өткерип,олардың саламат турмыс тәрзине қандай әмел етиўи бойынша сораўнамалар өткерди ҳам медициналық мәсләҳәтлер берди. Бундай илажлер районның басқада орынларында даўам етпекте…                                                                                                                                                                                       ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети