Социал тармақлардыӊ бири болған “Xaliq bilsin” ютуб каналында-Елликқала районы медицина бирлеспесине қараслы, 63-санлы шаӊарақ шыпакерлик поликлиникасыныӊ айырым медицина хызметкерлериниӊ анализ жуўаплары ушын пул талап еткенлиги бойынша видео материал жәрияланған еди.
Бул ўақыяны үйрениўлер даўамында, 63 санлы шаӊарақ шыпакерлик поликлиникасы медицина хызметкерлери менен-район медицина бирлеспеси админстрациясы үйрениў жумысларын алып барды.Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен, поликлиника хызметкерлери үстинен хызмет тексериўи тайынланды.Хызмет тексериў даўамында тийисли жуўапкер медицина хызметкерлерине интизамый сөгис жазасы қолланылды.Бундай қәте-кемшиликлердиӊ алдын алыў бойынша, медицина хызметкерлерине түсиндириў жумыслары алып барылды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















