Сораӊ жигитлерден:не деп даў урған ?
Сирә туўысканлық жаны аўырыған,
Инсаният затында –қаналаслықта,
Бармекен, қарындас киби баўырман.

 

Өмирде сондай ўақытлар болады екен…
Яғный инсанныӊ бир жери наўқасланса, ол шыпакерге көринип дәри-дәрмақ алып пулына емлене алады.Бирақта инсанныӊ басынан түрли ўақыялар кешеди, қаншама пулыӊ болсада, бар байлығыӊ болған денсаўлығыӊды тиклей алмай қалатуғын күнлерде болады. Усындай мәўиритлерди басынан кеширип,денсаўлығын қайта тиклеў жолында жүрген инсанлар жүдә көп.
Күни кеше, У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеўханада қурамалы операциялардан бири болды.Ташкент қаласынан келген  хирург ҳәм жергиликли тәжрийбели шыпакерлер  тәрепинен бүйрек көширип өткериў операциясы болып өтти.Саатлап даўам еткен операция нәтийжели табыслы жуўмақланды. Бул опрацияда Нөкис қаласында жасаўшы пуқаралар С.А атлы қарындасы –өз ажағасына (ағасына)  бир бүйрегин берип,ажағасын аўыр наўқаслықтан қутқарды.Инсан өз жанынан жан бере алмаўы  мүмкин-бирақта өз ағзасынан кешип басқа инсанныӊ өмирин сақлап қалыўға, денсаўлығыныӊ тиклениўине себепши болыўдыӊ өзи үлкен мәртлик есапланады.
Ҳәзирде наўқаслардыӊ жағдайы жақсы болып, шыпакерлер бақлаўында ….

Бүйрек көширип өткериў операциясын: Академик В.Вохидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий орайыныӊ хирург шыпакерлери- Маткаримов Зохиджон Турдалиевич, Рустамов Музаффар Олимжон уғли, жергиликли шыпакерлерден-Бабажанов Фархад Рахимович, Тажимов Гуломжон Хидирбоевич, Алимбетов Ажинияз,анестезиолог шыпакерлер-Сартбаев Баҳадир, Базарбаев Шарап, операция мийирбийкелери-Максутова Назыгүл,Абдираманова Дилфуза  атлы медицина хызметкерлери әмелге асырды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети