«Ашық сәўбетлесиў»де белгиленген ўазыйпаларды сыпатлы әмелге асырыў, медицина тараўын раўажландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Исмайлович Курбановтың баянаты.
Ассалаўма алейкум ҳурметли мәжилис қатнасыўшылары! Ҳәммемизге мәлим, усы жылдың 18 март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Денсаўлықты сақлаў саласы хызметкерлери менен “Өзбекстан медицинасы-инсан қәдири ушын” атамасында өткерилген «Ашық саўбетлесиў»де бүгинги күндеги ең әҳмийиетли мәселелердиң бири болған халқымыз саламатлығын қорғаўда жетискенликлер менен бирге жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди. «Ашық саўбетлесиў»де елимизде медицинаны раўажландырыўдың ең баслы 7 жөнелиси белгилеп берилип, олардан: 1. Бирлемши медицинаны халыққа жақынластырыў ҳәм олардың тармағын кеңейтириў, медициналық хызмет сапасын асырыў. 2. Тез медициналық жәрдем саласын раўажландырыў. 3. Медицина мәкемелерининиң материаллық-техникалық базасын жақсылыў,оларды заманагөй ускенелер ҳәм дәри-дармақлар менен тәмийинлеў. 4. Шыпакерлик кәсиби ҳәм оның абыройын асырыў, медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық-хуқықый қорғаныўын кушейтириў. 5. Медицина саласы ушын жоқары қәнийгели кадрларды таярлаў, медицина ҳәм фармацевтика тәлимин раўажландырыў. 6. Жәмийетте саламат турмыс тәризини қәлиплестириў ҳәм туўры аўқатланыўды ен жайдырыў. 7. Денсаўлықты сақлаў системасының сапасын асырыў. «Ашық саўбетлесиў»де белгилеп берилген ўазыйпаларды басшылыққа алып, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў саласында кейинги төмендеги ислер әмелге асырылды: Бирлемши медицинаны халыққа жақынластырыў ҳәм олардың тармағын кеңейтириў мақсетинде узақ ҳәм шетки аймақларда жасаўшы халқымыз ушын 91 дана аўыл медицина пунктлери шөлкемлестириледи, жаңадан 6 аўыллық шаңарақ пунктлери өз жумысларын баслады, жыл ақырына шекем жаңадан 4 аўыллық шаңарақ пунктлери, Нөкис қаласында 1 шаңарақ полкилиникасы ашылады. Дәри-дармақлар ушын ажратылған қаржы муғдары 1,5 есеге асырылап 88,5 млрд сумға жеткерилди. 143 бирлемши медицина мекемелеринде 615 орынлық күндизги стационарлар өз жумысын баслап, олардың жумыс ўақты 20:00 шекем узайтырылып, 120 атамадағы дәри-дармақлар менен бийпул тәмийинеленди. Көп тармақлы орайлық поликлиникаларда “Туўры аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәрзи” ханалары шөлкемлестирилип, бул жерде саламат турмыс тәрзи бойынша индивидуал мәсләҳат алыў имканияты жаратылды. Тез медициналық жәрдем саласын раўажландырыў мақсетинде жаңадан қосымша 4 тез жәрдем бригадалары шөлкемлестирилип жәми республика бойынша 156 тез жәрдем бригадасына жеткерилди, жаңадан 15 дана WOLSVAGEN “Caddy” тез жәрдем автотранспортлары алып келинди. Төрткул, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында районлар ара қоспа жарақатланыў ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери орайы шөлкемлестирилип, 34 түрдеги 1,7 млн долларлық медициналық үскенелер менен тәмийинленди. Медицина мекемелерининиң материаллық-техникалық базасын жақсылыў ушын усы жылдың өзинде 4 емлеў мәкемесинде 41,5 млрд.сумлық қурылыс ислери алып барылып жыл ақырына шекем толық пайдаланыўға тапсырылады. Халқымызға қәнийгелестирилген жоқары технологиялы медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде, ашық жүрекке операция өткериў ушын жасалма қан айландырыў (АИК) үскенеси алып келинип, 4 балада туўма жүрек пороклары операция жолы менен даўаланды, бүйрек көширип өткериў (трансплантация) операциясы, таз-шанақ буўынын эндопротезлеў операциялары толық республикамызда әмелге асрылмақта. 40 жастан асқан 368 мыңнан аслам пуқараларымыз эндокрин ҳам жүрек қан тамыр кеселликлерине бийпул медициналық скринг тексериўлери өткерилип, 62 мыңнан аслам пуқараларымызда кеселликлер келип шығарыў кәўипи анықланды. Республикамыз емлеў мәкемелеринде 288 наўқасқа “Мәмлекетлик медициналық қамсазландырыў” фонды тәрепинен 3 млрд. 77 млн. сумға жоқары технологиялы медициналық хирургиялық әмелиятлар әмелге асырылды. Шыпакерлерге болған зәрурлик жоқары болған бирлемши медицина мәкемелерине усы жылдың өзинде 170 жас питкериўши шыпакерлер тәмийинеленеди, 35 шыпакеримиз шет ел клиникаларында (Туркия, Беларуссия, Россия, Индия, Германия) мәмлекетлеринде өз билимин асырып келди. Республикамыздың 38 алыс ҳәм шетки аймақларында жумыс алып барып атырған шыпакерлерге айлық ис ҳақысына қосымша 2 млн.сум муғдарында үстеме, ипотека тийкарында уй-жай сатып алыўда жеңилликлер бериледи. Жеке медициналық мәкемелер саны 245 тен 310 ға жеткерилип, 32 стационар, 278 амбулатор хызмет көрсетилиўи менен бирге 700 ден аслам медицина хызметкерлери бәнтлиги тәмийинленген. Ҳурметли мәжилис қатнасыўшылары. Республикамызда Денсаўлықты сақлаў тараўында усы жылдың ақырына шекем төмендеги жумысларды алып барыўды режелестиргенбиз. Нөкис қаласында майыплығы бар болған балалардың толық тиклениўи ушын зәрүр болған медицико-социаллық жәрдем көрсететуғын 120 орынла балалар медициналық реабилитация орайы шөлкемлестириледи. Республикамызда “Балалар медицина кластери” жаратылып, оған бүгинги күндеги 3 балалар емлеў мәкмелери (аймақлық перинатал орайы, скрининг орайы, репродуктив саламатлық орайлары) бириктирилип, бир жерден басқарыў әмелге асырылады. Районларара (Беруний, Қоңырат, Шымбай районларында) 3 перинатал орайларда 18 орынлық нәрестелер реанимация бөлимлери шөлкемлестириледи. Балаларда генетик кем ушырасатуғын кеселликлерди ҳәмледарлық ўақтында анықлаў имканиятын жаратыў мақсетинде Нөкис қаласында Референс лаборатория шөлкемлестириледи. Жаңа туўылған балаларда еситиў қәбилетин, туўма гереңликти туўылған ўақтынан анықлаў ушын аудиоскрининг үскенеси менен тәмийинленеди. Тез жәрдем бригадасы ушын жаңадан 56 дана WOLSVAGEN “Caddy” тез жәрдем автотранспортлары менен тәмийинленип, тез жәрдем автотранспортлары толық жаңаланады, жаңадан тез жәрдем медициналық орайы, шақырыўларды қабыл етиўши Колл-орайы шөлкемлестириледи. Орайлық район емлеўханаларында қыстаўлы медицина қабыллаў бөлимлери иске түсирилип, халқымызға 24 саат даўамында сыпатлы медициналық хызмет көрсетиўи жолға қойылады. 17 район (қала) медицина бирлеспелерине жәми 11,3 млрд.сумлық 90 турдеги 2021 дана зәрүр заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленеди; Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў саласындағы мәкемелер басқышпа-басқыш “Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў” фонды арқалы қаржыландырыў жолға қойылады. Ҳурметли мәжилис қатнасыўшылары, Президентиниң денсаўлықты сақлаў саласы хызметкерлери менен “Өзбекстан медицинасы-инсан қәдири ушын” атамасында өткерилген «Ашық саўбетлесиў»де берген тапсырмаларын толығы менен әмелге асырып, халқымыздың саламатлығын сақлаў арқалы олардың исенимин ақлаўға ўәде беремен. Дыққатларыңыз ушын рахмет.
















