Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгилеп берилген,Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бойынша медицина тараўында лабораторияларды мәмлекетлик шериклик тийкарында қайта шөлкемлестириў ҳәм лаборатория базасын жаратыў бойынша арнаўлы тапсырмалар ҳәм буйрықлар қабыл етилген.
Усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Түркия мәмлекетиниң “Gazi GROUP” ҳәм “Gazi Kimya” медициналық лабораторияларының баслықлары Д.Батакчы ҳәм К.Амасялы мийманда болды.Мийманларды ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов күтип алды ҳәм дөнгелек стол әтирапында сәўбетлесиў өткерди.
Соң мийманлар пайтахтымыздағы У.Халмуратов атындағы көп тармақлы Республика медицина орайында болды.
Мийманлар емлеўхананың бүгинги күнде жумыс алып барып атырған лабораториясы менен жақыннан танысты.Түркиялы мийманлар тәрепинен, лаборатория жумысларын еледе жеделлестириў,соңғы технологиялардан пайдаланыў бойынша усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.
Соң мийманлар Тахыятас районы медицина бирлеспеси лабораториясы менен барып танысты.
Бундай бирге ислесиўлер медицина тараўында жаңаланыўлар ҳәм жаңалықларға алып келиўи сөзсиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети