Ҳәзирде қайсы тараўды алып қарасақта, сол тараўдың маманы, ҳәр тәреплеме саўатлы, билимли болса оған бәрше имканиятлар жаратылған. Шет тиллерин билиў, өз үстинде излениў, тынымсыз мийнетлер булардың бәршеси инсанды ҳүрмет ҳәм табысқа бөлейди. Елимизде усындай жетискенликлерге ерисип атырған медицина тараўында да бир қанша қәнигелер бар. Солар қатарында Тахтакөпир районында туўылып, бүгинги күнде усы районның медицина бирлеспеси баслығы лаўазымында жумыс ислеп атырған Ықласбай Палўанов ҳаққында сөз етпекшимиз. Ы.Палўанов 1986-жыл Тахтакөпир районында дуньяға келген. Туўылып өскен жерге хызмет етиўди алдына мақсет етип қойған, Ы.Палўанов Ташкент қаласындағы “Ташкент педиатрия медицина институты ” на оқыўға түсип,ол жерди табыслы тамамлап, оқыўының ординатура бөлимин “Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы ” да оқыйды. Оқыўды табыслы тамамлағаннан кейин Ы.Палўанов Тахтакөпир районлық медицина бирлеспесинде шыпакер болып өз жумысын баслайды.Өзиниң талапшаңлығы ҳәм жумысына деген жуўапкершилиги, халық исеними оны 2021 жылдан баслап район медицина бирлеспеси баслығы болып тайынланыўына себепши болды. Ы.Палўанов жуўапкершиликли жумыс пенен бирге өз үстинде излениўлерин тоқтатқан жоқ.Ташкент қаласында бир нешше рет өз билимин арнаўлы оқыўларда асырыў менен бирге, сырт еллерде де өз тәжрийбесин асырды. Жақында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесими бойынша шыпакерлердиң билимин асырыў ҳәм сырт ел тәжрийбеси бойынша әмелият өтеў ушын Ҳиндистан мәмлекетине шыпакерлер жиберилди. Қарақалпақстан Республиасын Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен 16 медицина тараў қәнигелери Ҳиндистан мәмлекетине бир ай ўақытқа хызмет сапарына жиберилди. Усы делегация қурамында Ы.Палўановта бар болып, ол бүгинги күнде Ҳиндистанның “ Medanta-The Medicity ” емлеўханасында тәжрийбе алмаспақта. Биз шыпакер менен социал тармақлар арқалы байланыс орнатып,оның пикирлерин тыңладық.

Ы.Палўанов Тахтакөпир районы медицина бирлеспеси баслығы. Ҳиндистанның “Medanta-The Medicity” емлеўханасынан: Бизди Ҳиндистанда жақсы күтип алды. Делагация қурамы Ҳиндистанның ең белгили емлеўханаларына топарларға бөлинди. Мен Жаңа Дели қаласында жайласқан “ Medanta-The Medicity ” емлеўханасында әмелият өтеў ушын келдим. Бул клиника дүнья жузинде белгили клиниклардан бири болып есапланады. Клиникада 25 мыңнан аслам адам жумыс алып барады. Клиника толық түрде пуллы хызмет көрсетеди.Лабароториялар ең соңғы технологиялар менен тәмийнленген. Клиникада ҳәмме жумыс барысы санлы технология программалар менен әмелге асырылады.Қызық жери бирде-бир қағазбазлық жоқ. Наўқаслар ушын барлық қолайлықлар жаратылған болып, медицина хызметкерлери күни-түни жумыс алып барады. Бул жердеги шыпакерлер өз билимлерин бизге уйретип атыр.Мен бул жерде көп нәрселерди уйренип билимлеримди асырып атырман. Мен “Балалар хирургиясы ҳәм эндоскопия” бөлиминде клиниканың тәжрийбели шыпакерлери менен биргеликте әмелият өтеп атырман. Бул жерден үйренген билимлеримизди, елимизге қайтып жумыс орнымызда басқада қәнигелерге уйретемиз. Биз Ы.Палўановқа, Ҳиндистан Республикасында болып атырған хызмет сапары даўамында өз билимлерин жоқары дәрежеде асырып қайтыўына исеним билдиремиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимилеме хызмети