Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар қатарында, медицина тараўында сырт ел менен бирге ислесиў ҳәм тәжрийбе алмасыў бойыншада бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай бирге ислесиўлердиӊ нәтийжеси болса, жергиликли медицинаныӊ раўажланыўына себепши болады.
Бундай жумысларды әмелге асырыўда, район медицина бирлеспелериде өз имканиятларынан пайдаланбақта.Нөкис районы медицина бирлеспеси, Япония мәмлекетиниӊ “Инсан каўипсизлиги ушын арналған социал тараўдағы бийғарез жәрдем” проектинде қатнасып грант жеӊимпазы болды.
Бул гранттыӊ баҳасы 90 650 долларды қурайтуғын, УЗИ үскене аппараты ушын арналған грант. Усы УЗИ үскенеси аппаратын алыў ушын Өзбекстан Республикасындағы, Япония елшиси Фуджияма Йошинори менен Нөкис районы медицина бирлеспеси баслығы П.Ембергенова грант-шәртнама ушын ҳүжжетлерди имзалады.
Бул сонғы технология үлгисиндеги ,УЗИ үскенеси район медицина бирлеспеси ушын үлкен саўға болды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети