Ассалаўма алейкум, ҳүрметли байрам қатнасыўшылары, ҳүрметли мийманлар ҳәм әзиз медицина хызметкерлери!
Халқымыз саламатлығы ҳәм абаданлығы жолында тыным билмей хызмет етип киятырған, Сиз, әзиз медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги атынан шын жүректен қутлықлайман.
Мине, саррас 15 жылдан берли елимизде ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембиси – медицина хызметкерлери байрамы сыпатында кең көлемде нышанланып келинбекте. Ҳақыйқатында да, экологиялық қыйын шараятта, аймақтың қайсар климаты ҳәм ҳәрқыйлы сырттан қәўип салып турған кеселликлер тәсиринде жасап атырған халқымыз саламатлығының турақлы болып турыўы –медицина хызметкерлериниӊ пидайы хызмети нәтийжеси екенлигинен дерек береди.
Рәсмий тәризде тастыйықланған кәсиплик байрамыңыздың болса ҳәр жылы кең көлемде, салтанатлы нышанланыўы жүреклеримизде қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерин оятады. Себеби, бул – Ҳүкиметимиздиң халық саламатлығын сақлаў жолында хызмет етип киятырған ҳәрбир медицина хызметкериниң машақатлы ҳәм жуўапкерли мийнетин жоқары баҳалағанының белгиси.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен халық саламатлығын сақлаўға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар себепли денсаўлықты сақлаў системамызда кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Әсиресе, бул бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийетин халыққа жеткериў, анық белгиленген бағдарлама тийкарында оның орынланыўын тәмийинлеў – алдымызға қойылған мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли фактор болмақта.
Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары, және бир қуўанышлы жаӊалық, усы жылы Қарақалпақстан медицинасында биринши мәрте бүйрек көширип өткериў (бүйрек трансплантациясы) хирургиялық әмелияты әмелге асырылды ҳәм жолға қойылды. Сондай-ақ, бүгинги күнге дейин әмелге асырылмаған туўма гереңлик кеселлигине шатылған наўқасларға кохлеар имплантациясы хирургиялық әмелияты басланды.
Сондай ак, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Төрткул, Қоңырат, Шымбай районлық медицина бирлеспелеринде районлар аралық политравма ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилди.
Ҳәммемизге белгили, Коронавирус инфекциясына карсы гүресиўде кәсиплеслеримиз бириншилер қатарында турып, өзиниӊ билимин ҳәм тәжрийбелерин, ҳәттеки денсаўлығында аямастан гүрес алып барыўы нәтийжесинде бүгинги күнде бул инфекцияныӊ жылаўланыўына ерисилмекте.
Медицинамызды жәҳән дәрежесине алып шығыў мақсетинде болса Европада, медицинасы раўажланған Россия, Беларуссия,Ҳиндистан, Украина ҳәм Америка сыяқлы мәмлекетлерге делегациямыз бенен барып, ол жердеги жетекши клиникалар ҳәм институтлар менен ҳәр тәреплеме әҳмийетли болған меморандум ҳәм келисимлер дүзип келдик.
Шыпакерлеримиз ҳəм алымларымыз халык саламатлығын коргаў, миллетимиз генофондын беккемлеў, шаӊарақта саламат перзенттиӊ туўылыўы ҳəм камалға жетиўин тәмийинлеў бойынша пидакерли мийнетлери халкымыз, мәмлекетимиз тәрепинен мүнасип баҳаланып келинбекте.
Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери арасында Өзбекстан қаҳарманы ҳәм ўатанымыздыӊ көплеген жоқары сыйлыкларына ылайық деп табылған тараў хызметкерлери бар екенлиги буныӊ анық дәлийли.
Әзиз, медицина хызметкерлери!
Мине усындай жетискенликлерден руўхлана отырып, сиз, медицина хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман! Сизлер халық саламатлығы жолында баслама ҳәм жуўапкершиликти және де асырып, кәсибиңизге болған пидайылық, жоқары адамгершилик пазыйлет ҳәм жемисли мийнет жолыңыз бенен жәмийетимизге өз үлесиңизди қосасыз деген үмиттемиз. Сизлерге беккем денсаўлық, машақатлы ҳәм жуўапкершиликли жумысларыңызда күш-ғайрат тилеймен!
Дыққатларыңыз ушын рахмет!
















