Нөкис қаласы Республикалық балалар фтизиатрия санаториясының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликте “Медицина хызметкерлери куни” байрамына бағышланған салтанатлы кешеси болып өтти.
Салатанатлы кешени Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.И.Курбанов ашып берди.
Буннан соң Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Байбосынова Лизахан Алламбергеновна сөзге шығып, бәрше медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Салтанатлы кешеде медицина тараўында жемисли мийнет етип атырған бир қатар хызметкерлерге байрам мүнәсибети менен, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған “Ҳурмет жарлық” лары ҳәм баҳалы саўғалары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте тапсырылды.
Соның менен қатар денсаўлықты сақлаў тараўындағы жемисли мийнети ҳәм “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мунәсибети менен 3 хызметкерге Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Курортлар басқармасына қараслы “YANGIYER”, “Медицина хызметкерлери күни” байрамы мүнәсибети менен болса 3 хызметкерге “Умид Гулшани” санаториясына бийпул жолламалар берилди.
Байрам илажында Өзбекстан шыпакерлер Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен тараў нураныйларына ҳәм Өзбекстан Мийирбийкелер Ассоациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен орта буўындағы медицина хызметкерлерине байрам саўғалары тапсырылды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети