#Рәсмий_жуўап

Социал тармақлардың бири болған Karakalpak 24
(https://t.me/KARAKALPAK24/20261) телеграм каналында жәрияланған мағлыўмат бойынша рәсмий жуўап.

Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы наўқаслапрды амбулаториялық көриктен өткериўде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ 2021-жыл 30-ноябрьдеги 273-санлы буйрығыныӊ 1-қосымшасында белгиленген көз кеселликлериниӊ диагнозы ҳәм емлеў стандартларына тийкар жумыс алып барады.
Филиалда наўқасларға төлемли жызмет көрсетиўде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ 2017-жыл 11-апрельдеги 150-санлы “Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги дизиминдеги емлеў-профилактикалық мәкемелеринде пуллық хызметлерге баҳаларды белгилеў туўрысындағы нызамын тастыйықлаў ҳаққында” ғы буйрығы бойынша баҳалар калькулияциясы ислеп шығылып ҳәм усы калькуляцияда белгиленген баҳалар тийкарында наўқаслардан төлемлер қабыл етиледи.
Емлеўханада шыпакер көриги 43.500 сўм етип белгиленген, шыпакер көригинен өтиў ушын стандарт бойынша офтальмоскопия ҳәм авторефрактометрия аппаратларынан арнаўлы бөлмелерде көриктен өтиў белгиленген, сол себепли наўқасларды биринши офтальмоскопия ушын 44.000 сўм, авторефрактометрия ушын 12.500 сўм, шыпакер көриги ушын 43.500 сўм жәми 100.000 сўм төлем қабыл етиледи .
Амбулаториялық карта ашыў бийпул әмелге асырылады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети