Рәсмий мағлыўмат
Социал тармақлардыӊ бири болған Hoja.uz телеграм каналында
(https://t.me/Hoja_uz/5082) жәрияланған мағлыўмат бойынша Шымбай районы медицина бирлеспеси, мүрәжатты унамлы шешиў ушын қадағалаўға алды.
Мүрәжатты үйрениў даўамында,Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими,Шымбай районы атмосфера ҳаўасын қорғаў бөлими инспекторы С.Қожанов шығынды ошағын қандай тәртипте жағыў ҳәм пайдаланыў бойынша, тусиндириў жумысларын алып барды.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ 34-санлы буйрық талапларыныӊ орынланбай атырғанлығы,мийирбийкелер ҳәм медицина бирлеспеси дизинфекторы Ю.Нуранов тәрепинен жол қойылған қәте кемшиликлер ҳаққында айтып өтилди.
Медицина бирлеспеси жуўмағы тийкарында дизинфектор Ю.Нурановқа өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын, нызам тийкарында тийисли шара қолланылыў белгиленди.
Бүгинги күнде шығынды ошағына қайтадан тәмирлеў жумыслары алып барылды ҳәм қәте кемшиликлер сапластырылды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


















