Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниӊ орынбасары А.Асқаров тәрепинен, Нөкис қаласы аймағында аналық ҳәм балалық саламатлығын қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм жаратылған шәрт –шараятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде арнаўлы жумысшы топар дүзилип, орынларда қадағалаў жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда ҳаял-қызлар арасында ерте турмыс қурыўдыӊ алдын алыў,ҳәмледарлық дәўирине шекем медициналық тексериўден толық өтиў,ҳәмледарлықтан кейинги ана ҳәм бала саламатлығына итибарлы болыў,орынларда шөлкемлестирилген “Қызлар саламатлық орайы” ҳәм “Ҳаяллар мәсләҳәтханасы” сыяқлы бир қатар тараўлар бойынша қадағалаў жумыслары амелге асырылды.

Қосымша, мийирбийкелер ҳәм патронаж мийирбийкелердиӊ ҳаял-қызлар саламатлығы менен қай тәризде шуғылланып атырғанлығы бойынша мағлыўматлар менен танысып шығылды.Шаӊарақлық шыпакерлик пункти шыпакерлери тәрепинен,үй шәраятында емленип атырған ҳәм наўқаслық дизимде турыўшы ҳаял-қызлар менен ушрасыўлар ҳәм медициналық тексериўлер шөлкемлестирилди.
Бул бойынша жумыслар басқада районларда даўам етпекте…
ҚР Денсаўлықты сақлаў минисрлиги
Мәлимлеме хызмети
















